Олимпия резервлери колледжлериниң жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарардың жойбары жәрияланды. Оған муўапық, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги системасындағы қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатлары негизинде олимпия резервлери колледжлери шөлкемлестириледи. Колледжлердиң жумыслары 2020-2021-оқыў жылынан баслап жолға қойылады. Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан бойынша 15 мектеп-интернат, соның ишинде Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты Нөкис олимпия резервлери колледжине айландырылады. Ҳүжжетте […]
Read More



