Ибрайым Юсупов — қарақалпақ шайыры, ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының ири тулғасы, аўдармашы, драматург ҳәм педагог. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры. Өзбекстан Қаҳарманы (2004-жылы). Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик гимниниң авторы. Әдебий лақабы — «Аязий».Ол 1929-жыл 5-май куни Шымбай қаласында туўылған.
Жулдызлардың ең жақтысын
Терип — терип алағойған,
Адамлардың ең жақсысы
Сол жақтыға барағойған.
Асқар таўдай адамлықты,
Ағын суўдай ҳадаллықты,
Уллылықты, еденликти,
Көкирегине қуяғойған.



