Тарийхый жеңис: Зайнаб Дайыбекова Жәҳән кубогиниң алтын медалына миясар болды Қарақалпақстан хабар агентлиги
Читать далее
Тарийхый жеңис: Зайнаб Дайыбекова Жәҳән кубогиниң алтын медалына миясар болды Қарақалпақстан хабар агентлиги
Читать далее
Өзбекстан шахмат Федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, «Маршалл» шахмат клубы 1915-жылы гроссмейстер Маршалл тәрепинен шөлкемлестирилген болып, 1916-жылдан берли «Маршалл» чемпионаты өткерилмекте. Усы жыл 14-18-ноябрь күнлери АҚШтың Нью-Йорк қаласында «Маршалл» шахмат клубында гезектеги 103-Маршалл чемпионаты өткерилди. Турнирде 10 шахматшы қатнасты. 40 жүриске 90 минут ажыратылып, ҳәр бир жүриске 30 секунд қосымша ўақыт берилди. Усы турнирде Өзбекстанның […]
Читать далее
Усы жылдың 4-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстанда футболды раўажландырыўды пүткиллей жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы қабыл етилди. Пәрманда жазылыўынша, Өзбекстан Республикасында 2021-жыл 1-январьдан баслап халықаралық тәжирийбеден келип шығып, спорт тараўын, әсиресе, футболды буннан былай да раўажландырыў, оның инвестициялық көркемлигин арттырыў, қосымша қаржыларды тартыў мақсетинде букмекерлик жумысларын әмелге асырыўға рухсат бериледи. Ислам Матеков, […]
Читать далее
Усы жыл 16-22-ноябрь күнлери Түркияның Мерсин қаласында «MERSİN METROPOLITAN MUNICIPALITY 4th INTERNATIONAL CHESS TOURNAMENT»турнири болып өтти. Онда Өзбекстаннан Нодирбек Абдусаттаров, Нодирбек Якуббаев, Алихан Гусейнов, Ҳалим Тураев ҳәм қызлардан Севара Баймуратовалар қатнасты. Өзбекстан шахмат Федерациясының бизге берген мағлыўматларына қарағанда, дүньяның 15 мәмлекетинен 81 шахматшы қатнасқан бул жарыста, 13 гроссмейстер ҳәм 15 халықаралық спорт шеберлери ойын көрсетти. […]
Читать далее
Бүгин, 26-декабрь күни Ташкент қаласындағы «Наврўз» сарайында быйылғы жылдың жуўмақларына бағышланған «Миллий спорт сыйлығы-2019» сыйлықлаў салтанаты болып өтти. Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан Миллий олимпия комитети тәрепинен шөлкемлестирилген усы илажда жыл даўамында спорттың раўажланыўы жолында мийнет еткен ең жақсы атлет ҳәм тренер, федерация, төреши, спорт қәнигелери, журналист ҳәм жуўапкер шөлкемлер 20 ға шамалас […]
Читать далее
Олимпия резервлери колледжлериниң жумысларын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Ҳүкиметлик қарардың жойбары жәрияланды. Оған муўапық, Дене тәрбиясы ҳәм спорт министрлиги системасындағы қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернатлары негизинде олимпия резервлери колледжлери шөлкемлестириледи. Колледжлердиң жумыслары 2020-2021-оқыў жылынан баслап жолға қойылады. Ҳүжжет тийкарында Өзбекстан бойынша 15 мектеп-интернат, соның ишинде Нөкис қәнигелестирилген олимпия резервлери мектеп-интернаты Нөкис олимпия резервлери колледжине айландырылады. Ҳүжжетте […]
Читать далее
Өзбекстан Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги ҳәм Миллий олимпиада комитетиниң шөлкемлестириўинде 2019-жылдың жуўмақларына бағышлап өткерилген «Миллий спорт сыйлығы – 2019» сыйлықлаў мәресиминде Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары шеберлик мектебиниң тәрбияланыўшысы Зайнаб Дайибекова «Ең жақсы жас ҳәм перспективалы спортшы» номинациясының жеңимпазы болды. – Қылышласыў ең жас спорт түрлеринен болса да, қарақалпақстанлы спортшылар мәмлекетимизде жетекшилерден […]
Читать далее
15-январь күни Ташкент қаласынан жолға шыққан спорт кәрўаны бүгин Қарақалпақстан жаслары ушын арналған спорт үскенелери менен Нөкиске жетип келди. 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде кәрўанды күтип алыў мәресими болып өтти. Бул 5 әҳмийетли баслама шеңберинде әмелге асырылып атырған илаж болып, Нөкиске жетип келген кәрўан менен Андижан ўәлаятының «Балиқчи» районында жайласқан «Ratex» жуўапкершилиги шекленген […]
Читать далее